Перейти к содержанию

Рекомендуемые сообщения

3 часа назад, Rust сказал:

baqtsoLQ.jpg

Отличная тема, уж кому, а Трепавлову можно доверять, он спец именно по ногайцам, а значит и по мангытам. Значит прямой связи монгольских мангутов и ногайских мангытов нет, как нет и свидетельств переселения первых на запад из Монголии ,Манджурии и сев Китая. Можно уже 100% считать тюркских мангытов - кыпчаками и тезками монголов-мангутов.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

31 минуту назад, Rust сказал:

Он как раз пишет о  тюркизации немногочисленных мангутов, которые дали имя подвластным племенам.

Тогда у него противоречия? Он ведь пишет что нет никаких свидетельств о переселении мангутов с востока.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

39 минут назад, Rust сказал:

Он как раз пишет о  тюркизации немногочисленных мангутов, которые дали имя подвластным племенам.

Вроде он пишет о тюркизации не именно мангутов а хонгиратов, и подчёркивает мизер монголов среди местных племён, просто они навязали свои  этнонимы местному населению,  признаюсь приятно что ув историк пришёл к тем же выводам что и я не профессионал.Правда тут есть тоже противоречия, схемы аутосом казахов и кыргызов довольно таки смахивают на монголов и калмыков.У кыпчаков возможно днк похоже в общих чертах на монгольский днк?

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Вроде всё подробно расписано, типа -Байку-нойона с хушинами ЧХ отдал Джучи, Карачара с барласами Чагадаю, а вот про мангутов ничего, и тут вдруг  они спустя 100 лет выныривают в междуречье Волги и Урала,неведомо откуда? Трепавлов пишет что мангуты были в левом крыле Толуя, значит в районе Манджурии и Кореи, и никаких предпосылок их посылки на запад не было.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

3 hours ago, mechenosec said:

Вроде всё подробно расписано, типа -Байку-нойона с хушинами ЧХ отдал Джучи, Карачара с барласами Чагадаю, а вот про мангутов ничего, и тут вдруг  они спустя 100 лет выныривают в междуречье Волги и Урала,неведомо откуда? Трепавлов пишет что мангуты были в левом крыле Толуя, значит в районе Манджурии и Кореи, и никаких предпосылок их посылки на запад не было.

Может часть мангутов  были в составе  кипчаков до прихода Чингисхана?

  • Не согласен! 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

05.05.2019 в 11:19, Rust сказал:

Он как раз пишет о  тюркизации немногочисленных мангутов, которые дали имя подвластным племенам.

Именно об этом и пишу.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

05.05.2019 в 15:19, Rust сказал:

Он как раз пишет о  тюркизации немногочисленных мангутов, которые дали имя подвластным племенам.

не интересовались откуда бухарские мангыты, которые всю жизнь соперничали с кенегесами? у каракалпаков, кстати, кенегесы и мангыты образуют пару типа кытай-кыпчаков, также читал, что кенегесы это выделившаяся из мангытов группа.

возможно, что каракалпакские и бухарские (узбекские) кенегесы и мангыты одного корня и связаны с Ногайской ордой, а не узбеками М.Шейбани?

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin
13 часов назад, кылышбай сказал:

не интересовались откуда бухарские мангыты, которые всю жизнь соперничали с кенегесами? у каракалпаков, кстати, кенегесы и мангыты образуют пару типа кытай-кыпчаков, также читал, что кенегесы это выделившаяся из мангытов группа.

возможно, что каракалпакские и бухарские (узбекские) кенегесы и мангыты одного корня и связаны с Ногайской ордой, а не узбеками М.Шейбани?

Если честно - не интересовался. Мангыты присутствуют во всех списках 92-х узбекских племен: https://kyrgyz.ru/articles/genealogy/spisok_92_uzbek-kazahskih_plemen/

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

20 часов назад, кылышбай сказал:

не интересовались откуда бухарские мангыты, которые всю жизнь соперничали с кенегесами? у каракалпаков, кстати, кенегесы и мангыты образуют пару типа кытай-кыпчаков, также читал, что кенегесы это выделившаяся из мангытов группа.

возможно, что каракалпакские и бухарские (узбекские) кенегесы и мангыты одного корня и связаны с Ногайской ордой, а не узбеками М.Шейбани?

насколько я помню из Анке фон кюгельгена они из Улуса Джучи, пришли в 16 веке. В основном карамангыты

  • Одобряю 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

On 5/11/2019 at 1:57 PM, asan-kaygy said:

насколько я помню из Анке фон кюгельгена они из Улуса Джучи, пришли в 16 веке. В основном карамангыты

Ув. Асан-Кайгы, Вам попадалась эта статья? Основная часть на каракалпакском языке, но думаю Вы поймете каракалпакский язык. Статья о Едиге, его потомках, и мангытах вообще. Решил для сохранности загрузить полностью. Для русскоязычных форумчан со временем может и переведу, а может и русский текст найдется?!

 https://www.algakarakalpakstan.com/single-post/2018/04/06/ӘМИР-ЕДИГЕ-ӘЎЛАДЛАРЫ-олардың-соңғы-буўыны-кимлер-болды

 

Quote

 

ӘМИР ЕДИГЕ ӘЎЛАДЛАРЫ олардың соңғы буўыны кимлер болды?

 
Ученые, научные сотрудники и работники Академии Наук Республики Каракалпакстан обратились к Президенту Узбекистана Шафкату Мирзияеву с просьбой спасти почти полностью разрушенную  Академию Наук Республики Каракалпакстан. Как говорится если не хочешь что-то делать то пообещай выполнить это завтра или когда нибудь в будущем. Так и Президент Узбекистана пообещал в 2018 позаботиться об Академии Наук. Сказано, сделано Академия наук полностью без отопления, фондов не выделяют даже для электроснабжения а недавно прошли сокращения по зарплате и по штату последних оставшихся сотрудников. В эти дни Академия Наук в предсмертном агонии. Не верится что некогда процветавший Академия Наук в стенах которого проработали многие известные ученые в полном упадке и президент Шафкат Мирзияев забивает последние гвозди в гроб Академии Наук Республики Каракалпакстан. Ниже приводим бесценные исследовательские работы проведенные учеными Академии Наук по изучению наследия Амира Едиге триумфально поднявшего Темирлана и укрепившего основы Российской Империи. Конференция посвященный Амиру Едиге проводит Правительство Казахстана 23-27 Апреля 2018. Принять участие в конференции денег нету и их не выделяет правительство Узбекистана.  У нищих ученых Академии Наук нету даже возможности посмотреть это по интернету. Нашим ученым наверно пора понять, что когда уничтожают народ уничтожают их ученых в первую очередь.      

---------------

Уллы Түркистан халықларының өтмиш тәғдиринде Әмир Темир менен заманлас, зәңгилес болған зәбердес тарийхый тулғалардың бири Едиге бий еди. Қарақалпақ халқы «Ер Едиге», «Бий Едиге», «Әмир Едиге», «Едиге мырза» яки «Мир Едиге» деп атап, исмин әсирлер бойы әдиўлеп келген атайы батырлар әўлады –  Едиге Қутлықаба  (Раҳманберди Қутлықыя улы)1352-жылы Арал теңизиниң қубла-батыс тәрепиндеги Қумкент шәҳәринде туўылған. 

Әзелден азыўлы маңғыт арысының султанлары саналған Исламқаба (Исламқыя), Қыдырқаба (Қыдырқия)баҳадырлар Едигениң тиккелей бабалары болса, атақлы Алаў баҳадыр менен Қойылдыр шешен де усы туқымнан шыққан ел көсемлериниң бири еди. Соңыра Арқажурт (Дәшти Қыпшақ)жеринде ат шығарған атышуўлы Ақпан, Тоқпан батырлар да ақмаңғыт тайпасынан болды. Ал ислам дүньясында ылайықлы орны бар уллы руўханый ¾Баба Түклес Шашлы Әзиз де пүткил маңғыт елиниң пири ҳәм Едигениң бабаларының биринен болған. Тарийхый дәреклер Әмир Темирдиң де маңғытлардан екенлигин (А.С.Ташкентий, «Темирнама» китабы)еслетеди. Усы дәўирлердиң жаңғырығы, көплеген шежирелик мағлыўматлар ¾ата-бабалар аңызларында ҳәм қарақалпақ халық эпосы «Едиге» дәстанында да сәўлеленген. Едигениң өз әкеси Қутлықыя (Балташақ)әмир ¾Алтын Орда бийлеўшиси Темир Мәликтиң мәҳреми ҳәм Қумкент шәҳәриниң ҳәкими болып турған.

Жети атасы бий болған, Жети журттың ғамын жер..., - дегендей, Едиге де қанына тартып, туўма қәбилетиниң арқасында ири мәмлекетлик искер дәрежесине көтериледи. Ол узақ ўақытлар даўамында Алтын Орданың бас бийлигин өз қолында услап тура алды.

Соның менен қатар, Едиге бурынғы Әмир Ноғайдың қарамағындағы жүз елиў жылдан берли «Ноғай улысы» атанған халықты, яғний өз қаналасларын бириктирип, әйймги миллий дүзимди сақлап қалған ҳалда 1391-жылы жаңа мәмлекетке тийкар салды. Бул ҳаққында туңғыш мағлыўмат Османия тарийхшысы Жан Нәбий мийнетлеринде гезлеседи. Едиге 1420-жылы қазаланғаннан кейин Ноғай Ордасын оның баласы Fазы (Қазы)басқарады.

Әмир Едигениң даңлы жолынан жәмийетшилик хабардар болғанлықтан биз бул мақалада тарийхый ғайраткердиң ата-тегине қысқа шолыў жасадық, енди тийкарынан бийдиң әўладлары туўралы тоқталамыз. Едиге дәўиринде Маңғыт мәмлекти («Маңғыт үйи»)өзиниң бирпүтинлигин қайта тиклеп, олар ақмаңғыт, асмаңғыт, бекмаңғыт, төсмаңғыт, өрмаңғыт, өрисмаңғыт, қарамаңғыт, қалқамаңғыт, таймаңғыт, қоймаңғыт, тоқмаңғыт, шоқмаңғыт, дәўмаңғыт, уўақмаңғыт (усақмаңғыт)ҳәм т.б. жәми отыз бир тайпадан ибарат иргели улыс болып, басқа барлық майда урыўлар усылардан бөлинди. Едиге урпақларына усы тайпаларды басқарыў мураз еди ҳәм өзге улыслар да оларға үлес болып қалды.

Ноғай Ордасында ҳәм Арқажурт ийеликлеринде отыз бир оқ қоңырат, бес жүйе мүйтен, жети келе кенегес ҳәм қытай-қыпшақлардың қалың ели жасайтуғын еди. Сондай-ақ, алаш, башқурт, татар-мешер елатлары да Едиге әўладларының уўысында болды. Ҳәтте, Шынғыз әўладларының тахтқа отырыўы усылар арқалы шешилди ҳәм олар бираз жыллар ата даңқын сақлай алды. Едигениң улларының ишинде Шайбан әўладлары менен сыбайлас болып, беглербеги лаўазымын атқарған Мансыр бий, Fазы бий, Кейқуўат бийлер мәмлекетте өз тәсирин жүргизип турды. Маңғыт үстемлигин жүргизиў ушын Үргениш үлкесин шапқан Мансыр бий Барақ хан қолынан қаза табады. Бирақ, Шынғыз әўлады Барақ ханды Ҳажытархандағы маңғытлардан күш алған Едиге урпақлары өлтиреди.

Аты тарийхый толғаўларда айтылатуғын ҳажытарханлы Темир бий усы Мансыр Едиге улының баласы. Мәнсүрдиң Әдил, Азамат атлы балалары туўралы да дәреклер бар. Ал Шынғыз әўладларына да дизесин батырып киятырған Fазы бийди Жумадық хан өлтиртеди. Жумадық ханның өзи урыста маңғытлар тәрепинен жазым етиледи. Кейиннен Нуратдин (Нуран)менен Кейқуўат (Қағбат)башқурт арасына кетеди ҳәм балаларының айрымларын изине ертеди. Олар соңынан сол елатқа сиңеди. Нуратдин мырза ўақтында Отырарға ҳәким болып, Ноғай Ордасы шегараларының кеңейиўине күш салған. Әмир Темир Нуратдинди өз баласынан артық көрген. Ноғай Ордасындағы «едиге» лаўазымыннан кейинги «нуратдин», «кейқуўат» деген дәрежелер Едигениң усы балаларының атынан алынған. Олардан соң «тойбуға» ҳәмели турған. Едиге әўладлары өсип-өнгенликтен олардың ҳәрқайсысы «Нуратдин» (Мурадым), «Fазы», «Мансыр», «Наўрыз» ҳәм т.б. айырым урыўға айланған. Нуратдинниң улы Өзкент шәҳәри ҳәкими Оққас (Ўаққас)бийди оның өз туўысқаны Fазы бийдиң баласы Хожастың өлтириўи Едиге әўладларының аўызбиршилигине кери тәсирин тийгизеди. Хожасты Бүрге (Берке) султан жәрдеминде Оққас бийдиң балалары Муўса менен Жамғыршы өлтиреди (Абылғазы, Шежире-и-түрк). Оның урпақлары алаш арасына қашады ҳәм соңғылықта олар «Хожас» урыўы аты менен белгили болады. Сол дәўирдеги «Тарих-и Абу-л Хайр-хан-й» мийнетинде көрсетилгениндей, Маңғыт Оққас бий ¾Қыят Бозанжар бий, Уйғыр Бахтыхожа бий, Найман Ақсопы бий, Дүрмен Сүйиниш бий, Сейит Қулмуҳаммед уламалар менен биргеликте Абылқайыр ханды Шайбанийлер тахтына отырғызған омыраўлы тулғалардың бири еди ҳәм өмириниң ақырына шекем оның ең исенимли тиреги болып қалған. Нуратдинниң ақлықлары Муўса менен Жамғыршының ўақтында Ноғай Ордасы күшейеди. Муўса мырзаның отыз улы болған. Жамғыршының балаларының ишинде аты шыққанлары Ағыс (Тели Ағыс), Көгис батырлар (Олардың әўладларының көбиси Ноғайлы журты бүлген гезде Әлимулы бирлеспесине барып қосылады.) 

Муўса мырзаның балаларының арасында Алшағыр, Шайқым (Шағым), Сыйдақ (Сыйрақ), Шаҳмамай (Шамай), Сары Йүсип, Алшы Исмайыл көбирек бийлик басында болады. Алшағырдан Келмуҳаммед (Келимбет), Орақ батырлар дөрейди. Келмуҳаммедтен Арыслан, Қаплан, Аймуҳаммед (Аймамбет), Сайыпмуҳаммед (Саймамбет)ҳәм т.б. балалар тарайды. Орақ батырдан Қарасай батыр, Қазый батыр, Айдын дилмаш деген балалар туўылған. Орақтың баласы Қазый батыр кейин Киши Ноғай Ордасы (Қазый улысы)аталған ханлыққа тийкар салды. Бирақ ол өз әкесиниң туўысқаны Исмайыл бий менен өмирбойы жаўласып өтеди. Лекин Орақ батырды қазақ ҳүкимдарлары жазым қылады. Орақтан Әлий (Әлей)мырза, оннан Биймырза, Абдул мырзалар тарайды. «Ала атлы Алшағыр» өз ели менен жаўласып, оның балаларының бирли-ярымы «Әлим қалмақ» (әлимулы)ишине, яғный алшын улысына сиңип кеткени ушын қарақалпақ аңызларында, дәстанларында ол жаман образда көрсетиледи.

Муўсаның Алшағырдан кейинги улы Шағым. Шайқым деп те айтылады. Дурысы Шаҳмуҳаммед болыўы керек. Оны 1503-жылғы шабыўылда Үргениште қазақ ханы Жәдик өлтиреди. Шағымнан соң Сыйдақ (айырым аңызларда Сыйрақ деп қәте айтылып жүр ¾Т.Қ.). Қарақалпақта:

Сыйдақтың Сыйдақ болғаны,

Сыйланып елге шыққаны,

Ол Мамайдың арқасы,

Орақтың Орақ болғаны,

Оралдың бойын алғаны,

Ол да Мамай арқасы..., - деген сөз (термиш) бар. Сыйдақтың Тилеў, Қәлеў, Әлеў, Елеў ҳәм т.б. балалары болған. Оның бир қызына Бухар шаҳзадасы Кестен қарый үйленген. Сыйдақ 1535-жылы қазақты шаўып, оның ханы Хожахметти он бес баласы менен қолға түсирип, тутқында услайды. Себеби, олар Орақ батырды өлтирген еди. Арадан жыллар жылысып тәғдир талайы менен Сыйдақтың бирер баласы қазақлар тәрепине өтеди. Өзи Орысият патшасынан сый ҳәм дәреже алған соң басқа балалары менен бирге орыс пуқарасы болады. Орыслар оны «Шейдяк», «Шайдак» деп атап кеткен ҳәм кейиншелик бул олардың фамилиясына да айланған. Олар Сартлан, Абас (Апас)мырзаның туқымлары. Кеңес ҳәкимиятының дәлепки жылларында Қарақалпақстанға келип баспашылар менен гүреске түскен Шайдаков ¾ҳаслында Сыйдақ мырзаның орысласып кеткен соңғы буўындағы әўладларынан.

Муўса мырзаның Сыйдақ пенен тете баласы Хан Мамай, дурысы Шаҳмамай. Халық қысқартып «Шамай» деген. Орыс дәреклеринде «Шах-Мамай», «Шейх-Мамай» деп келтиреди. Шағым менен Сыйдақ өлиминен кейин Ноғайлыны Шаҳмамай басқарған. Шаҳмамай бурынғы Ноғай ийеликлерин қайтарыў ушын қоңсылас ханлықларға бирнеше мәрте атланыслар жасаған ҳәм оның тусында Ноғайлы мәмлекети еле де айбатлы, айбарлы еди. Шаҳмамайдың Ақмырза, Бекмырза, Аллақуўат, Қасай, Қосай ҳәм т.б. балалары болған. Ноғайлы ыдыраған соң олардың да әўладлары жаңа ҳәм жас мәмлекет Қазақ Ордасының пуқарашылығын қабыл алған. Айырымлары Қырымға кеткен.

Муўса мырзаның улларының ишинде ең өжети Йүсип бий болғанлығы тарийхый мағлыўматлардан белгили. Қарақалпақлар бул бабаны «Сары Йүсип» десе, Қырдың халқы «Жүсип мырза» деп жүритеди. Йүсип бий Ноғайлының ҳүкимдары болып турған ўақытта ол өз ҳүкимин Орысиятқа өткериўге де ҳәрекет еткен. Қырымды, Қазанды, Ҳажытарханды ықпалында услап турған. Йүсип бийдиң қызы «Ақмаңғыт арыўы» атанған Сүйинбийке айым Қазан ханлығын бийлеген. Халық аңызларында Сүйинбийке туўралы жыллы сөзлер көп. Ол Қазанда бираз қурылыс салдырған. Усталарды Арал бойларынан алдыртқан. Сүйинбийке өз жаўларына бас иймегенлиги ушын жазым болады ҳәм аты тарийхта мәңги мөрленип қалған.

Йүсип бийдиң Йүнис (Жүнис)мырза, Ибрайым мырза деген балалары да Орысиятты бағындырыў нийетинде жүрген. Бирақ олардың Ноғайлының ишиндеги еллерди жийи-жийи шабыўы, бул мақсетлердиң иске асыўына тосқынлық жасап, олар халық тәрепинен қоллаў таппай қалады. Ақыбетинде олар да Орысият пуқарашылығын қабыл алып, урпақлары шоқыныўға да мәжбүр болған. Орыс тарийхындағы «Князь Юсуповлар» деп аталған көрнекли династия усы Йүсип бийдиң туқымлары. 

Йүсип бий менен дасқал өсип, өмир-өмиринше жағаласып өткен, қарақалпақ халқының санасында жақсы сақланған Муўса мырзаның  тоғызыншы улы ¾Исмайыл. Журтшылық оны «Исмайыл султан», «Алшы Исмайыл» деп атаған. Исмайыл бий Шаҳмамай қайтыс болған соң, ыдырап баратырған Ноғайлы мәмлекетиниң дизгинин услап қалыў ушын 1549-жылы «Алты улы» улысы тийкарында Орда дүзеди. «Алты улы» ордасы ¾мүйтен, қоңырат, қытай, қыпшақ, кенегес, маңғыт еллериниң бирлигинде ертедеги қарақалпақ мәмлекетиниң  қайта тиклениўи болды. Исмайыл бий Орысият пенен қатнасықты жақсы жолға қояды. Керек ўақтында олардан қаржылай, затлай жәрдемлер алып турған. Көп жыллар бүлгиншиликте жүрип, көшпели турмысқа үйренип кеткен елатты қайтадан тутас отырықшылыққа аўыстырыў ушын қарақалпақ халқының ата кәсиби – дийқаншылықты кәр етиўге журтшылықты жумылдырған. 

Бирақтан, Йүсип бий балалары менен болған урыс-қағыслар усы нийетлердиң ғалаба әмелге асыўына иркиниш жасай берген. Маңғыт үстемлигин орнатыў мақсетинде Исмайылдың өз балалары Тыныбай (Тымбай), Қутлыбай (Қулбай)мырзалар әкесине қарсы шығып, Қырым ханлығына өтип кетеди ҳәм урыста олар тосаттан бийдиң жарағынан жазым болады. Ҳәтте, бираз балалары, ақлықлары кем-кем күшейип киятырған Қазақ Ордасына өтип, өз журтына қарсы қылыш көтереди. Бул ҳаққында Исмайыл бийдиң 1557-жылғы Иван Грозныйға жазылған хатында анық баянланған. Исмайыл бийдиң Динахмет (Тинахмет), Муҳаммед, Тыналы, Тыныбай, Қутлыбай, Өрис (Орыс)ҳәм т.б. балалары болған. Исмайыл бий 1563-жылы қайтыс болады. Оның орнына «Алты улы» улысын үлкен баласы Динахмет (Тынахмет)басқарады. Динахмет халық арасында сыйлы болған. Динахмет мырзадан Ормамбет (Өрмуҳаммед яки Улықмуҳаммед), Динмуҳаммед, Естерек бийлер туўылған. 

ОРМАМБЕТ ¾1590-1597 жыллары «Алты улы» улысын бийлеген қарақалпақтың  атақлы бийи. Ол ҳаққында Мөңке бий дөреткен, ал Сарыша айым атынан айтылатуғын «Ормамбет бий» толғаўының басында тәрип етиледи. Ормамбет Динахмет улына Оймаўытлар үлес болған, оның балалары Ақкелимбет (Ақсақ Келимбет)пенен Қара Келимбет мырза ҳәм оның баласы Тоқта Көшик мырза да Маңғыттың усы урыўына жетекшилик еткен. Ноғайлы бүлгенде булардың биразы усы мырзалардың урпақларының баслаўы менен Жетисуў жерине ығысып, қазақ арасына кириккен.  

Исмайыл бийдиң Динахметтен (Тынахмет)туўылған ақлығы Динмуҳаммед (Тынмәмбет)те 1597-1600 жылға дейин «Алты улы» улысын бийледи. Оннан соңыра улысты Динахметтиң киши улы Естерек мырза басқарады. Ол Уллы Ноғайлы Ордасының султаны болып та жәрияланады. Естерек бий 1600-1619 жыллары Орданы бийлейди ҳәм оның балалары Ер Тарғын, Ер Шобан, Ер Сайын, Шаҳтемир (Сәтемир), Биймырза т.б. уллары жаўгершиликке өз ерликлери менен ат шығарып, ел-улысқа танылады. Олардың бирпарасы Қырымға, бирсыпырасы соңынан Қазаққа кетип, елди бөлип әкетеди. «Ер Тарғын», «Ер Шобан» ҳәм т.б. дәстанлар усы батырларға байланыслы дөреген. Тарғын, Шобан урыўлары болса, олардың кейинги әўладлары саналады. 

Динахмет (Тынахмет)бийдиң өзи «Алты улы» улысты 1578-жылға шекем бийлеген ҳәм ол қайтыс болған соң Ордаға Исмайылдың тағы бир улы Өрис бий басшылық еткен. Орыс тарийхындағы «Князь Урусовлар» ҳәм кейин ала алаш арасына аўған «Өрис аталығы» усы Өрис (Орыс)бийдиң туқым-тебериклеринен тарайды. Өрис бийдиң Сәтий батыр, Кен батыр, Жанарыслан батыр («Князь Урусовлар» династиясының баслаўшысы Петр Урусов усы Жанарысланның бел баласы)сыяқлы улларының исмлери аңызда да аз ушыраспайды. Ал «Алты улы» улысының соңғы бийлеўшиси болса, усы Өрис бийдиң ағасы Тыныбайдың Қанай (Қаный)деген баласы еди. Ол Естерек бий бийлигинен соң араға төрт жыл салып, 1623-жылы Орда ҳәмиршиси болып сайланады. Қанай (Қаный)балалары да Ноғайлы сап болған соң Қазақ Ордасына өтип, бурынғы ийеликлерин қайтарып алады. Әлим арасындағы «Қаный балалары» ¾тарийхта «Қанай уллары» деп ат қалдырған Ақмаңғытлардың соңғы буўынынан... 

1634-жылы «Алты улы» улысы қалмақлардың соңғы ҳүжиминен соң пүткиллей тоз-тоз болып, қарақалпақтың басқа урыўлары қатарлы Едигениң әўладларынан базыбири бабажуртқа оралса, көпшилиги Қырымда, Ҳажытарханда, Қазақта қалып кеткен еди. Өйткени, ол ўақытта Едиге урпақларынан  Ильяс бий, Дәўлет мырза (метер)ҳәм т.б. бийлердиң әўладлары Үргениш үлкесинде үлкен абырайға ийе болса, Ҳажытархан (Астрахань)еле де Маңғытлар қолында қалған еди. Жәми он лек (миллион)әтирапындағы Маңғытлар Қазақ Ордасына аўысып, жас ханлықтағы халық санын бирден арттырып жибериўи оларды сағалап өзге туўысқанларының да келиўин тезлетти. Ҳәттеки, бир туқымнан тараған туўысқанлар «маңғыт – аўзыңа саңғыт» деп өз улысына өкпелеп кетти, ақыбетинде ата-тегин айтыўға да арланып, түп-тийкарларын жасырды ҳәм ҳәрқайсысы ҳәр елге тастай батып, суўдай сиңди. Усылайынша улық халықтың уллы бир мәмлекети ўақытынан бурын ыдыраған еди. Сол туста қатаған-маңғытлар ортасынан тахтқа отырғызылған Ташкент (Шаш)ҳүкимдары Турсын ханның, Төре (Сибир)бийлеўшиси Қошым ханның бийлик басына келиўи 1753-жылы Бухарада Мәдирейим (Муҳаммед Раҳым)бий басшылығында жаңа династияға негиз салыныўы ҳәм Түркистанда Жоқарғы қарақалпақ ордасының қәд көтериўи ғана Едиге әўладларының пүткиллей туқымқурт етилиўиниң алдын алды. Маңғытлардың оннан бир бөлеги Үргениш үлкесинде де үстемлигин сақлап қалды. Дәшти Қыпшақтағы өзлигин жойытпаған маңғытлардың (қарақалпақ улыслары)биразы Бухариядан келген қаналасларына қосылып, Абылай ханның әтирапына жыйналды. Түркистандағы қоңыратлардың ортасында қалған Маңғыт мырзаларының урпақлары өз дөгерегине «маңғытай» деген ат пенен танылды. Арадан әсирлер өтип, бул топардан биринши мәрте бабажуртқа Шымбайға келген, Қаллы Айымбетов тәрепинен Ерполат жыраўдан жазып алынған «Едиге» дәстанын Мәскеўде «Күншығыс» баспасында бастырған әдебият жанашыры, полиглот алым, жәмийетлик ғайраткер, Кеңес ҳүкиметиниң Әрепстан (Аравия)мәмлекетиндеги туңғыш елшиси (соңынан репрессия қурбаны), Түркистан Республикасының әдепки басшыларының бири Нәзир Төреқулов өсип шықты.        

Бухар әмирлигинде маңғытлар өз бийлигин 1753-жылдан 1920-жылға шекем беккем услап турды ҳәм Едиге бий әўладының мәмлекетти тутас басқарған соңғы буўыны солар болды. Кеңес ҳәкимиятының орнаўы менен он мыңлаған Маңғытлар Аўғанстанға қоныс аўдарды. Соңынан Түркия мәмлекетиниң гимнин жазыў да сол топарда кеткен Едиге әўладларының бирине несип етти. Едиге бий менен аталас ҳәм оның өзинен өрбиген әўладлардан Әзлер баба (Аллаберди Әзиз шайық), Ертөре бий, Келдияр бий, Қудияр бий, Мәдирейим бий, Айтық бий, Дәнияр бий, Шамурат бий, Мирайдар (Әмир Ҳайдар)бий, Көбек бий, Шердалы бий, Гедей бий, Маман бий, Ерназар бий (палўан), Қоразбек аталық, Досымбет болыс, Сапар болыс, басқа да көплеген ел ағалары менен қатар, Қарабатыр, Шүйиш батыр, Жалаң батыр, Яқып батыр, Дәрьябай батыр (байсынлы), Елиш батыр, Мәмбет батыр, Менже батыр, Ақша батыр, Көкше батыр, Бекше батыр, Екше батыр, Келе батыр, Машан батыр, Нурек батыр, соңы Бөрибай батыр (әмирабатлы), Қоспанбет (Қоспан), Елимбет, Аралбай, Нурбай, Айланбас шабандоз, Балқыбай уста, Жандәўлет, Шақай, Парахат (Хожанов)палўанлар, Қарақалпақстан У-шу Федерациясы президенти Жақсылық Пирназаров, атайы шабандоз Зарапатдин Зайытов сыяқлы спорт усталары, Қарақалпақстанның дәслепки мәмлекетлик ғайраткерлериниң бири Әбиў Ержан улы Қудабаев (тамдылы), жигирмалаған дәстан жырлаған атақлы жыраў Қурбанбай Тәжибай улы (төрткүлли), Әмет бақсы (әмиўдәрьялы), шайыр Меңлибай Муратов, Сапарбай Қудияров (кенимықлы), кинорежиссер Валера Алламьяров (ташкентли), талантлы актриса Турсын Қайыпназарова, жас журналист Қурбанбай Байниязов ҳәм т.б. көпке танылған ер-азаматлар шықты ҳәм иншалла, оның қатары еле де көбейе берери ҳақ. 

Едиге бабаның урпақларының Қырым менен Урымға кеткени, Ойыл менен Қыйылда қалғаны, Орал таўдан асқаны, орыс-орманға сиңгени ҳәм т.б. иргелес халықлардың үлесин көбейткенлери ишинде де топ жарып, орта айырып шыққан көрнекли инсанлар жетерли. Әллеқашан өзге журтлардың миллий мақтанышына айланған усындай даңқлы қаналасларымыздың талай ғана екенлиги бизди сүйсинтсе де, басқалардың да кеўлине қарап, олардың дизимин келтире бериўди артықша санадық. Ҳәрқыйлы талас-тартыслар ақыбетинен, бир ўақытлары ақмаңғытлар: жаўлы, шаўхай, үргениши, үргит, үңгит, түрикпен, шобан, бесуўыл, саңғыл, ерназар, балта (сарайлық)ҳәм т.б. оннан аслам урыўлардан ибарат тайпа болса, көптен азайғанлығы себепли енди соның оннан бирин ғана зорға қурайды. Солай да болса, Едиге әўладлары әсирлер асып, бабажуртта бас қосып Маңғыт қорғанының (қаласының), Ақмаңғыт мәканының иргесин қалап, иргели елат болыўдан үмитин үзбеди. 

____________________________________

Р.S.: Қарақалпақ халқы қанша әсирлер өтсе де өзиниң көплеген уллы улларының ишинде Едиге бийди айрықша атап, оның атын ардақлап, улығлап келмекте. Бурын Едиге бийди билмейтуғын қарақалпақ болмаған. Едиге бий даңқының узақ ўақытлар бойы умытылмаўына өз жеке искерлиги менен қоса, оның әўладларының да тарийхта салмақлы орны болыўы себепкер. Сол ушын баба исми атадан балаға жетип отырған. X8X әсирде жасап өткен, отызға да жетпей өмирден кеткен көреген тарийхшы Шоқан (Муҳаммед Ҳанафия) Шынғыз улы Ўәлийханов «Едиге» дәстанын жазып алыўы арқалы қарақалпақлардың тарийхына итибар берген, халықтың ядыкешлик талантына қайыл қалған. Илимпаздың өзи де маңғытлар ортасында дүньяға келгенликтен ҳәм бир жағынан жийен (және жийеншер) болғанлықтан, дайы журтының өтмишин жақсы билгенликтен қарақалпақлар ҳаққында өзиниң баҳалы пикирлерин қалдырған. Ш.Ўәлийхановтың усы мийнетлеринен тысқары тағы да жүз бет көлеминдеги қарақалпақлар тарийхына арналған илимий изертлеўи болған. Бирақ соңғысы туўралы айтылып атырғаны менен де, оның өзи табылған жоқ. Биз Ш.Ўәлийхановтың изи түскен жерлерде, Нева дәрьясы жағасында, ески пайтахттың китапханаларында болып, Едиге бийге ҳәм оның әўладларына қатнаслы материаллар менен таныстық, айырым сүўретлерден нусқалар алдық. Атақлы орыс изертлеўшиси Н.М.Карамзинниң 1817-жылы шыққан «История государства Российского» мийнетин қарап шығыўымыз, бизди көп тарийхый дәреклер менен дусластырды. Н.М.Карамзинниң шыққан теги де тийкарынан Ноғайлы улысынан болып, ол маңғыт Қарамырзаның әўлады екен. Едиге әўладларының Орысият пенен ортада жазылған хатлары, оларға байланыслы ҳүжжетлер ҳәм оны изертлеген мийнетлер жеткиликли. Биз бул жерде олардың бәрин көрсетип отырмаймыз. Мақаладағы материаллар солардан алынды ҳәм халық аўзынан жыйналды. 

Халықтың яды – ҳайран қаларлық қүдиретке ийе. Едигениң жасаған заманынан бери 642 жыл өтсе де, қарақалпақ жыраўлары, қыссаханлары, шежирешилери бабаның өмир сүрген ўақытын дәл айтып бере алады. Бир жағдайлар менен Хожели қаласында болғанымызда көплеген дәстанларды, толғаўларды, термелерди, ўақыяларды ядый билетуғын, хат-саўаты аз Келимбет Оразымбет улы исмли ақсақал тек Едиге бийдиң туўылған, дүньядан өткен жылын ғана емес, оның балаларының атын тап алдында шежире-кесте жайылып турғандай нақма-нақ айтып берип, бизди лал қалдырған еди. Биз ол әўладтың ҳәммесин шежире менен айланысқанымыз, арнайы изертлеп жүргенимизден кейин ғана избе-излиликте билемиз, ядымызда қалғаны да сол себепли...

Қарақалпақстанда «Едигениң қаласы», «Едигениң жолы», «Едигениң төбеси», «Едигениң ат байлаған тереги», «Нуратдин жалғыздың дарағы» деген кийели орынлардың бар екенлигин еситип-билип, бабаның өмири бәрқулла бабажурт пенен байланыста өткенлигине исеним ҳасыл қылдық. Еки-үш жыллықта Ноғайлыда өткен Едиге тойы жақсылықтың басы болып отыр. «Едиге» дәстанының басылып шығыўы, оны изертлеўге кең жол ашары ҳақ. «Едиге» дәстанындағы бираз тарийхый исмлер – бул эпостың өмирден алынып, оған көркемлик безек берилгенлигине гүўа болады. Дәстандағы аты аталатуғын (Едиге әўладларынан тысқары) адамлардың урпақлары ҳәзир жер-жерде ушырасады, ҳәтте гейбир кисилер «урыў атасы» сыпатында да келтириледи.

Тарйихта «маңғытлар» деген сөздиң тусына «қарақалпақлар» деп түсиник бериледи. Себеби, сол гезеңде маңғытлар ¾мәмлекет басында болған, қарақалпақлардың қабырғалы арысы сыпатында танылған. Едиге әўладларының соңғы дәўирлериниң гейпара көринислери устаз К.Мәмбетовтың «Посқан ел» атлы тарийхый романында да сәўлеленген. Солай да болса баба урпақлары ҳаққында усы ўақытқа шекем толыққанлы мағлыўмат ҳеш жерде жәрияланған емес. Сол олқылықтың орнын толтырыўушын қысқа болса да усы материал таярланған еди.

______________________

©  «Ақмаңғыт таңы», 15.03.2006. -№1 (4148)

Бул мақала алдын 1994-жылы жазылып, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 

«Қаратаў» атлы қолжазба журналына усынылған еди.

 

 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

1 час назад, Kamal сказал:

Ув. Асан-Кайгы, Вам попадалась эта статья? Основная часть на каракалпакском языке, но думаю Вы поймете каракалпакский язык. Статья о Едиге, его потомках, и мангытах вообще. Решил для сохранности загрузить полностью. Для русскоязычных форумчан со временем может и переведу, а может и русский текст найдется?!

 https://www.algakarakalpakstan.com/single-post/2018/04/06/ӘМИР-ЕДИГЕ-ӘЎЛАДЛАРЫ-олардың-соңғы-буўыны-кимлер-болды

Рахмет

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Для публикации сообщений создайте учётную запись или авторизуйтесь

Вы должны быть пользователем, чтобы оставить комментарий

Создать аккаунт

Зарегистрируйте новый аккаунт в нашем сообществе. Это очень просто!

Регистрация нового пользователя

Войти

Уже есть аккаунт? Войти в систему.

Войти



×
×
  • Создать...