Перейти к содержанию
Қара-Қытай

Ер Қосай

Рекомендуемые сообщения

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАҚҚЫНДА... АДАЙ ҚОСАЙ – ҚАЙ ҚОСАЙ?

ТУРКИЙ МАКАЛЫ
Туркилер - жер жүзиндеги урыссыз жасай алмайтуғын жалғыз халық. Егер олардың душпаны күшли болса, олар душпанға қарсы биригип оны жоқ етеди. Егер кушли душпаны болмаса, олар зериккенликтен өз-ара урысып баслайды.

TURKIY MAQALI
Tu'rkiyler-jer ju'zindegi urissiz jasay almaytug'in jalg'iz xaliq. Eger olardin' dushpani ku'shli bolsa, olar dushpang'a qarsi birigip oni joq etedi. Eger ku'shli dushpani bolmasa, olar zerikkenlikten o'z-ara urisip baslaydi.

Ҳәрқандай саналы инсан өмирде өзине саӯал қойып жасайды. Адамды ең әӯели ата-теги қызықтырады. Сол көзқарастан – қай миллет ӯәкили болсын, оның өз-өзине қояр дәслепки сораӯы: «Биз кимбиз? Шығысымыз кимлерден екен?» деген пикирлерден ибарат болып келеди. Егер кимде-ким ата-бабасының текли екенин сезинсе, оның руӯхы тетик, мәртебеси бийик болары тәбийий. Мениң ата-бабаларым да ғайбар болған, бирбет, тикминез болғаны ушын бизди «түрикпен» деп атап кеткен. Улыӯма, ҳәзирги қарақалпақларға қарағанда, әзелги әждатларымыздың өжет болғанын, намысын беккем, қәддин тик услағанлығын түсинемиз. Соңғы әсирлердеги ҳәрқыйлы сыртқы тәсирлер халықтың менталитетине де салқынын салғаны тәәжип емес. Соннан болар, бул күнде тегин умытқысы келетуғын, шығысын жасырыӯға тырысатуғын туӯысқанларымыз көбирек ушырасады. Әлбетте, бул сонаӯ алғаӯ-далғаӯ ӯақытлардың халық санасында қалдырған ақыбетинен. Қарекеңлер биз бенен сөз қағысқанда, дайылы-жийенлигин билдирип ойнағанда «Қалпақтың қуйрығы қумға тийсе қазақ болар, суӯға тийсе сарт болар» деп дәлкеклейди. Бул ҳәзилде зил жоқ, бирақ ашшы шынлық бары гүмансыз. Солай болғаны ырас, ҳәм ҳәзир де ол тәкирарланбақта. Шынына келгенде де, қарекең ырайкеш ҳәм босаң халық. Тәғдир таӯқымети бизиң жигеримизди женшип, руӯхымызды әдеӯир ийген. Ол ҳешкимге де сыр емес. Жеке өзим – қарақалпақ перзенти болғанымнан, уллы маңғытлар әӯлады екенлигимнен өзерленемен, орынлы жерде паңқылдап та аламыз. Өзлигимизди сезинип, өзара қалғанда өз-өзимизди усылай көтермелеп сөйлесек те, биразларымыз өзгелердиң бираӯыз сөзине дәдимал айта алмай қаламыз. «Маңғыт – аӯзыңа саңғыт» десе питти, үн шықпайды. Оның да өз тарийхы бар, ол да бир ноғай бүлгенде айтылған сөз. Тарийхқа шегинис жасасақ, маңғытлар журт сораған, орда қураған ел екенлигин билемиз. Темиршынның (Шынғыздың) бас кеңесгөйи Қойылдыр шешен – маңғыт, Әмир Темир де маңғыттың бөлинип кеткен барлас урыӯынан. Ер Едиге – Маңғыт үйи, яғный Ноғайлы мәмлекетиниң тырнағын қалаған уллы бабамыз. Едигениң ҳәр баласы, ҳәрбир ақлығы – жеке-жеке тулға. Орыстың көплеген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлери Едиге урпақларынан шыққанлығы тарийхта хатланып қалған. Едиге – маңғыттың ақмаңғыты. Пүткил Дәшти Қыпшаққа даңқы жайылған атышуӯлы Ақша батыр, Көкше батыр, Бекше батыр, Екше батырлар да сол туқымнан. Бизлер Көкше батырдан өрбигенбиз. Берги жағы – Ер Қосай. Ер Қосайдың тусында ел толысып, бабаларымыз ақмаңғыттың басқа аталарынан ажыралып шығып, өз алдына ирге тиккен. Соннан берли Ер Қосай туқымлары «уӯақмаңғыт» аталады. Соның ишинде өз аталарымыз «түрикпен» деген лақап пенен белгили. Аз жерлерде ақмаңғытлар менен уӯақмаңғытлар қайтадан биригип те кеткен. Көпшилиги «ақмаңғытпыз» деп арғы жағын айта бермейди. Қарақалпақта «Ер Қосай» деген дәстан бар. Бул тарийхый эпос «Қарақалпақтың қырық алпы» деген дәстанлар дүркимине тән. Оны жыраӯлар «Қырымның қырық батыры» деп те жырлаған. Усы «Ер Қосай» дәстаны Ноғайлы дәӯириниң тулғасы – Маңғыт Қосай батырға арналған. Ер Қосай батырлығы менен даңқы шығып, жасы улғайған соң өзине қараған қәӯимниң бийи болған. Бизиң еситиӯимизше, Қосай атамыз өмириниң соңғы мәӯритлеринде атамәканы – Маңғыт (ҳәзирги Әмиӯдәрья) аймағында жасап, дүньядан өткен. Аңызда «Қосай бийдиң бес төбеси» деген мәкан атамасы айтылады. «Бестөбе» деген жер – сол бес төбеликтен алынған болыӯы тийис. Ҳәзир ол әтирап Нөкис қаласы сорамына киреди. Бурын оны «Маңғыт аймағы» атаған. «Едигениң еңиси», «Ер Шораның қорғаны», «Ер Қосайдың қонысы» деген жер атамалары усы аймақта үлкен тарийх бар екенлигине гүӯалық береди. Мен қәнигелим бойынша тарийх пәни оқытыӯшысыман, халқымыздың өтмиши менен шын қызықсынаман. Институтта, университетте тәлим алдым, жоқары мағлыӯматлыман. Шежире – жаны-тәним. Тарийхшы болыӯға умтылыӯым да усыған болған қуштарлықтан келип шығып отыр. Тилекке қарсы, соларды өз бетимше изертлеӯге яки дәреклер жыйнаӯға мүмкиншилигим болмады. Әсиресе, Ер Қосай бойынша… Өткен 2007-жылы Маңқыслаӯда «Қосай батырдың 500 жыллығы өтти» деген хабарды қулағым шалып қалды. Мен ойға талдым. Егер ол бизиң бабамыз болса, ҳәзир батырдың жасаған дәӯирине дегенде 650-680 жыллар шамасы болар еди. – Басқа қандай Қосай бар екен?, деген сораӯ пайда болды. Кейинлеӯ еситтим, ол Адай Қосай батыр екен. Мүмкин оның да исмин бизиң бабамызға уқсасын деген жақсы нийетлер менен қойған шығар, деген қыялда жүрдим. Жақында «Үш қиян», «Олжа» деген газеталар қолыма түсип қалды. Сонда Адай Қосай батырдың Бесқала журтында, Бестөбе деген жерде жерленгени, қәбирине тас қойылғаны, ҳәзир ол мәсканның үлкен зиярат орны екенлиги жазылыпты. Енди және де қызығыӯшылығым артып, кеӯилимнен мына пикирлер өтти: —« - Ҳаӯ бала, усы еки Қосай мабада бир киси емес пе екен?… Неге десеңиз, бурын адайлар да маңғыттың қурамында, Ноғайлы Ордасында болған. Бәлким, айырым аталарымыз адайларға қосылған болыӯы да итимал. Булар солардың урпақлары болып шықса, не әжеп?!», - деген түрли саӯаллар ойымнан кетпеди. Мени ең қызықтырғаны, олардың «түрикпен адай» аталыӯы еди. «Түрикпен адаймыз» деген кисилердиң бирли-ярымын өзим де таныйтуғынман. Лекин, олардың аӯзынан Қосай туӯралы ҳешнәрсе еситпегенмен, яки итибарсыз болдым ба, билмеймен. Газетада олардың анасы түркимен болғаны, сол себептен «түркимен адай» аталғаны баянланыпты. Таңландым, бунда да уқсаслық бар. Биз де Ер Қосай туқымынанбыз, бизиң әӯладымыз да уӯақмаңғыттан бериректе «түрикпен» яки «түрикпени маңғыт» деп аталады. Бизиң туқымымыздың неликтен «түрикпен» аталғанымыз жөнинде урыӯласларымыз, шежирешилер мынандай аңызлық мағлыӯматларды алға тартады: Биринши дәрек, Ноғай Ордасында орны бар Маңғыт Ер Қосай әӯладлары да өр, дәӯжүрек ҳәм түркименлер сыяқлы кемсөзли, сырбермес болған, сол ушын «түрикпен» аталған. Екинши дәрек, Ноғайлы ыдырағанда бабаларымыз бираз жыллар «жаман түрикпен» деп лақап алған «маңқыслаӯ» қәӯимлери (қоңырлар) арасында жасаған. Соң сол лақап урыӯымызға да таңылған. Үшинши дәрек, уӯақмаңғытлар ертеде түркименлер менен иргелес болып, гей-гейде олар ортасында жаӯгершиликлер жүз берген. Сонда түркименлерди жеңип, оларды олжалап отырған. Солардың олжадан түскен кийимлерин кийип алып, күнделикли «күнлик кийим» еткен. Оны халық еле де «жаӯкийим» дейди. Түркименнен түскен жаӯкийимди кийгенликтен басқалар оларға «түрикпен» деген лақап берген. Төртинши дәрек, бурынғы ӯақыттағы урыс-ғаӯғаларда маңғытлардың оймаӯыт, теке, таз, қурама деген урыӯлары түркименлерге қосылып кеткен. Басқаларды өз аты менен атаса да, оймаӯытларды олар «йаӯмытлар» дейди екен. Заман дүзлескеннен кейин түркимен ишинде қалған гейбир аталарды Қосай батыр елге қосқан. Солардан тараған туқымлар «түрикпен» делинеди. Бесинши дәрек, түркименлер менен жаӯласыӯшылық болып турғанда, қарақалпақлар олардан да «әсир» түсирген. Әсирге келген аналарымыз түркимен қызлары болғаны ушын «түрикпен» деген ат бизге де мийрас болған. Қарақалпақлардың басқа арыслары қурамында да усындай атамалар сақланған. Қоңыратларда «түрикпен ашамайлы», «түрикпен айыллы», «түрикпен балғалы», «түрикпен баймақлы», «түрикпен қазаяқлы», «түрикпен қанжығалы» ҳәм т.б. урыӯлар барлығын еситип-билип жүрмиз. «Түрикпен жүз», «түрикпени» деген урыӯлар қытай-қыпшақларда да бар. Бердақ шайырдың «Шежире» дөретпесинде ертеде қарақалпақлардың мың баласы түркименлер қолында бенде болып қалғаны, биразының қайтарып алынғанлығы баянланады. Халық аңызларында да усындай мағлыӯматлар көплеп ушырасады. Ҳәттеки, бул ҳаққында «Қарақалпақ» деп аталған тарийхый қосықта да гейпара дәреклер айтылған.

КАРАКАЛПАК

Қаракалпактын хаслын сорасан арабтан,
Амир патшасынан корди азапты,
Кырык мын аскер менен Гонени шапты,
Зулымлыкка конбей кошти каракалпак.

Бийгуна тогилди адамнын каны,
Орлеп жагалады Амиударьяны,
Жийдели-Байсын-Коныраттын маканы,
Уш айдай журип барды каракалпак.

Кыйынласып хар кун халыктын жагдайы,
Хеш бир уакта ис кормеген сарайы,
Ашлык болып кетти халыктын колайы,
Ел болып Едилге кошти каракалпак.

Кошип барган жери Кырымнын тауы,
Жайыктын жагасы Орал атауы,
Он мын уйли ногай Токтамыс ханы,
Бунын карауына кирди каракалпак.

Жайыктын бойына малларын жайды,
Хан есабын алды жарлы хам байдын,
Ханнын коз-карасы болмай колайлы,
Закатларын зыят берди каракалпак.

Жуз отыз жыл жайлап Едил-Жайыкты,
Ногайдын ханына толеп салыкты,
Бул да саган макан болмай калыпты,
Жайыкта жайлауын калды каракалпак.

Сыр дарьянын еки бойын жайлады,
Есапсыз мал жыйнап, койды айдады,
Бул Туркистан халыкка болып пайдалы,
Бир неше жыл онип-ости каракалпак.

Калмаклар аркадан жау болып келди,
Казаклар ысырылып буган жол берди,
Сегизмын калмакты калдырмай кырды,
Хабарын Бухарага тусти каракалпак.

Халыкларга жайылды бунын хабары,
Калмаклардан кайтып туспей гузары,
Бул Туркистан аш арыкка жагдайлы,
Оз еркине дауран сурди каракалпак.

Уш жуз кырык жыл Туркистанды жайлады,
Не батырлар шыгып халыкты коргады,
Акырында олда жайлау болмады,
Хорезмге кошер болды каракалпак.

Ата журты Туркистанды таслады,
Есенгелди, махрем жолды баслады,
Кытай, Конырат еки елдин дастаны,
Халык аузында аныз болды каракалпак.

Ел кошти каракалпак жолга сыймады,
Ойнап-оскен жерин кози кыймады,
Душпанлар аралап бийик тауларды,
Талай нахак кан тогилди каракалпак.

Кыйын болды каракалпактын халлары,
Жолы узак аскар минер таулары,
Кытай, кыпшак, кенегестин баллары,
Мын баланы жауга берди каракалпак.

Каракалпактын кошип куши болинди,
Урыс болып бийгуна кан тогилди,
Жауга кеткен мын баланы еситти,
Коныраттын намысы келди каракалпак.

Карастырып мал жайылган сабатты,
Амангелди минип келди ала атты,
Белине байлады алмаз, полатты,
Аспантайжан кылыш алды каракалпак.

Кууып жетип алды, калмакты шапты,
Амангелди ала атты ойнатты,
Калмакларды койдай кылып шуулатты,
Мын баланы алып кайтты каракалпак.

Аспантайжан кылыш кылып шойынды,
Карсы келген душпан кози ойылды,
Рустем дастандай кылды ойынды,
Жауга карсы атланганда каракалпак.

Кытай, Конырат бир кисинин баласы,
Бирликли хам ишинде жок аласы,
Душпанлардын буган жетпес шарасы,
Ауел бастан ханга карсы каракалпак.

Ажел жеткен бенде жолларда оледи,
Мийнети бар бенде азаплар кореди,
Жети жылга дейин ашлыклар болды,
Баринеде шыдам берди каракалпак.

Кырык жыл макан етти Жана дарьяны,
Халыктын томен болды турмыс аухалы,
Кырык бир деген жылда есин жийнады,
Хорезмге кайта кошти каракалпак.

Айта берсен ада болмас бул созлер,
Гонеден шыккалы дуньяны гезди,
Бес жуз он бир жылда Хийуага келди,
Хорезмге коныс басты каракалпак,

Хан сайлаган халыктын хамелдарларын,
Салык салып мал алыудын жолларын,
Зулым ханнын халкым корип зардабын,
Езиулиден еси кетти каракалпак.

Кимге жарлык берип пышак байлады,
Казы, метер, кус бегини сайлады,
Салык бермегенди урып кыйнады,
Дар астында олди талай каракалпак.

Уш агаш курдырды адам астырды,
Урып кыйнап халыкты атка бастырды,
Дарга асып олтирип гелле кестирди,
Не кунлер басыннан отти каракалпак.

Бизге белгилиси, өз нам-ныспымыздың усылай аталыӯы Ер Қосайдан бериде болған. Адай шежиреси менен үйлесетуғын жери де усы. Халық бизиң бабамызды «Ер Қосай» дәстаны арқалы көбирек биледи. Қарақалпақта бул дәстанның бирнеше вариантлары жырланып келген. Соның ең қысқа нусқасының бири Қурбанбай жыраӯ атқарған вариант. Жыраӯдың өзи де Ер Қосай урпағынан. Бирақ, Қурбанбай Тәжибай улы жырлаған нусқа үзик-жулық. Дәстанның басқа нусқаларынан хабардар кисилер ол нусқаны «үзинди» деп айтып кеткен. Себеби, оның толық нусқасында Ер Қосайдың ата-теги кеңирек жырланған екен. Ер Қосай урпағы – уӯақмаңғытлар, оның түрикпен путағы саны көп болмағаны менен де, Орайлық Азияның бираз жерлерине аз-аздан тарқалып кеткен. Жумбақ тәрепи сонда, ҳәзир «Адай Қосай» аталып жүрген тулға да – өзимиздиң «Ноғай Қосай», яғный Маңғыт Қосай емес пе екен, деген саӯал бизди де бираз ойландырып таслады. Тарийхқа қарағанда барлығымыздың түбимиз, түбиримиз бир, бирақ ҳәрқайсымыздың айырылып шыққан жеримизди, яки керисинше ортақ тәреплеримизди билип қойған да шеп болмас. Бул жағдай келешекти саналы түрде аңлаӯымызға дурыс бағдар силтейтуғыны тақыйық.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin

Кара-Кытай - форум русскоязычный. Поэтому либо дайте перевод, ли поясните другим юзерам что это за текст.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

6 hours ago, Қара-Қытай said:

Чё здесь написано?  Почти как казахский язык как я думаю. 

Если смотреть пто постил то наверное написано по каза-киданьски?:lol:

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

27.10.2019 в 03:59, Қара-Қытай сказал:

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАҚҚЫНДА... АДАЙ ҚОСАЙ – ҚАЙ ҚОСАЙ?

Бизге белгилиси, өз нам-ныспымыздың усылай аталыӯы Ер Қосайдан бериде болған. Адай шежиреси менен үйлесетуғын жери де усы. Халық бизиң бабамызды «Ер Қосай» дәстаны арқалы көбирек биледи. Қарақалпақта бул дәстанның бирнеше вариантлары жырланып келген. Соның ең қысқа нусқасының бири Қурбанбай жыраӯ атқарған вариант. Жыраӯдың өзи де Ер Қосай урпағынан. Бирақ, Қурбанбай Тәжибай улы жырлаған нусқа үзик-жулық. Дәстанның басқа нусқаларынан хабардар кисилер ол нусқаны «үзинди» деп айтып кеткен. Себеби, оның толық нусқасында Ер Қосайдың ата-теги кеңирек жырланған екен. Ер Қосай урпағы – уӯақмаңғытлар, оның түрикпен путағы саны көп болмағаны менен де, Орайлық Азияның бираз жерлерине аз-аздан тарқалып кеткен. Жумбақ тәрепи сонда, ҳәзир «Адай Қосай» аталып жүрген тулға да – өзимиздиң «Ноғай Қосай», яғный Маңғыт Қосай емес пе екен, деген саӯал бизди де бираз ойландырып таслады. Тарийхқа қарағанда барлығымыздың түбимиз, түбиримиз бир, бирақ ҳәрқайсымыздың айырылып шыққан жеримизди, яки керисинше ортақ тәреплеримизди билип қойған да шеп болмас. Бул жағдай келешекти саналы түрде аңлаӯымызға дурыс бағдар силтейтуғыны тақыйық.
 
адай Косай ата и Ер Косай это два разных персонажа. Хотя возможно, что уак-мангыты и казахские уаки чем то связаны. По казахским шежере Ер Кокче и его сын Ер Косай являются главными героями одноименных эпосов, и предками рода Уак.

  • Like 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

3 часа назад, Tama сказал:

адай Косай ата и Ер Косай это два разных персонажа. Хотя возможно, что уак-мангыты и казахские уаки чем то связаны. По казахским шежере Ер Кокче и его сын Ер Косай являются главными героями одноименных эпосов, и предками рода Уак.

Вы правы это разные люди, но как любят говаривать наши дедушки "Ердің соңы, Ер Қосай Адай тегі" (в переводе означает. Последний из Мужей (наверное имеется в виду полковолческие заслуги) Ер Қосай, потомок Адайя).

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

14 часов назад, Turkmen Aday сказал:

Вы правы это разные люди, но как любят говаривать наши дедушки "Ердің соңы, Ер Қосай Адай тегі" (в переводе означает. Последний из Мужей (наверное имеется в виду полковолческие заслуги) Ер Қосай, потомок Адайя).

В шежире адаев Қосай всегда называется просто Қосай и Келімберді без приставки Ер. Хотя не могу спорить что возможно и он также был батыром.

А у нас западе популярнее всего следующая пословица: Ердің соңы Есет (тама) пірдің соңы Бекет (адай). К слову Бекет был племянником Есета.

  • Like 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin

В кыргызском эпосе "Манас" одним из главных персонажей является старец Эр Кошой, победивший в борьбе в поединке калмакского богатыря Жолоя.  

Цитата

Абрамзон

Это сообщение О. Джаманджээнова получило некоторое подтверждение в рассказе Джумабая Качыбекова, основанном на его личных наблюдениях, относящихся к  1937 -1938 гг. В Восточном Туркестане к югу от Таш-Коргона ( Ташкургана ) расположен хребет Кебез-Тоо, у подножия которого есть и песчаная местность, и лес. Между перевалами Чёп-бель и Мус-бель ( на юге ) живут киргизы,относящие себя к племени катаган, - около 2 тыс. семей.Часть этой территории входила в Хотанский округ, часть - Яркендский.
Эти катаганцы - кочевники кёчмён живут аилами, состоящими из 50 - 60 семей. Постоянных  селений у них нет. Домов они не имеют, живут в юртах  бос уй в которых много ковров - хотанских и яркендских. Мужчины носят высокие войлочные шляпы калпак с вышивкой, женщины - платья с вышивкой на подоле, нагрудные вышитые украшения он\юр,сапоги с украшениями. Потники тердик также отделаны вышивкой. Катаганцы занимаются скотоводством и сеют очень  мало. Рассказывают, что живут они в этой местности очень давно, что у них был когда-то был когда-то герой Кошой. Спрашивали Джумабая, правда ли, что этот герой похоронен в Ат-Башы, на берегу реки, и что там живут киргизы, относящиеся к племенам черик и сары багыш.

Молдобаев:

Цитата

Любопытные сведения можно привести из рукописного варианта С. Орозбакова: сподвижник Манаса Кошой после ряда приключений в одной из местностей Алтая, повстречавшись с какими-то путниками рассказывает им свою генеалогию:
        Тёрён-эр | Каракан | Азар | Аласкан | Байгур | Кыпчак | Эштек | Кыргыз

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Эр Кошой - думаю что это легенда-литература алтайских тюрков, и где они проехали и сливались местными народами "тюркскими" в основном там и внедрили и сохраняли своих вспоминаний в местном колорите.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin
1 час назад, enhd сказал:

Эр Кошой - думаю что это легенда-литература алтайских тюрков, и где они проехали и сливались местными народами "тюркскими" в основном там и внедрили и сохраняли своих вспоминаний в местном колорите.

Эр Кошой связан с катаганами, а значит все таки с золотоордынским периодом.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

1 час назад, Rust сказал:

Эр Кошой связан с катаганами, а значит все таки с золотоордынским периодом.

Қатағаны были среди Казахов, вплоть до Қасым хана. После ночного предательства, они ушли в Узбекское ханство.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

13 часов назад, Turkmen Aday сказал:

Қатағаны были среди Казахов, вплоть до Қасым хана. После ночного предательства, они ушли в Узбекское ханство.

до Есим-хана

П.С. Предательство катаганов это версия победителя Есим-хана

  • Одобряю 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin
4 часа назад, bektemir2 сказал:

 долгожитель Кошой( дожил до ста лет) - возможно прототип Кощея бессмертного из русских сказок

ИМХО Кощей от слово кёч/кош, т.е. кочевать. Кочевник.

  • Like 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

28.10.2019 в 16:57, Tama сказал:

адай Косай ата и Ер Косай это два разных персонажа. Хотя возможно, что уак-мангыты и казахские уаки чем то связаны. По казахским шежере Ер Кокче и его сын Ер Косай являются главными героями одноименных эпосов, и предками рода Уак.

кто за уак-мангыты?

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

20 hours ago, Rust said:

Эр Кошой связан с катаганами, а значит все таки с золотоордынским периодом.

744614160.jpg?1572429163

Цветная литография, автор - британский художник Джеймс Раттрей (1818-1854). Художник изобразил узбеков из племени Катаган, земли которых в середине XIX века находились между Гиндукушем и Амударьей. Глава племени Катаган Мурад-Бек был в то время амиром Кундуза.

Известным выходцем из узбекского племени катаганов был историк XVI века Мухаммад-Йар ибн Араб Катаган, написавший на персидском языке произведение «Мусаххир ал-билад» («Покорение стран»). В произведении повествуется история Шейбанидов.

Узбеки-катаганы проживали на территории Хорезмской, Ташкентской, Сурхандарьинской, Кашкадарьинской областей и в Ферганской долине Узбекистана. Катаганы жили также на территории Таджикистана и Афганистана.

По историческим данным, в 40-х гг. XVII в. катаганы были одним из сильных и неустойчивых племен, проживавших в Балхе и, частично, в Кундузе. Во времена Аштарханидов район Балха был выдан катаганам в качестве улуса. В это же время катаганы формируются как сильное политическое объединение. В начале XVII в., в период правления Махмудбия из рода катаган, Балх и Бадахшан стал называться краем катаганов.

В XIX веке многочисленные узбеки-катаганы жили в Кундузе в Афганистане.

Катаганы Кундуза и Ташкургана считались потомками 16 сыновей, каждый из которых был потомком отдельного рода. 5 сыновей были рождены одной матерью – группа беш бола. Остальные 11 появились от другой матери – группа Чегуна. Беш бола делились на следующие рода: кесамир, джунг, катаган, лухан, тас, мунас. Мунасы делились на: чучагар, чечка, югул, сируг, темуз, бурка, берджа. Чегуна состояли из родов: мурдад, басуз, сир-и катаган, чураг, джудуба, катаган кураси, мурад шайх, аджигун, кин, кудагун, семиз.

Узбеки-катаганы юга Узбекистана говорят на кипчакском и карлук-чигильском диалектах узбекского языка, о чем свидетельствует ряд этнолингвистических исследований.

Тохчи-катаганы, проживающие в Сурхан-Шерабадском оазисе, говорят на диалекте карлуков-чигилей с употреблением "й", как тюрки и карлуки.
 
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

6 часов назад, asan-kaygy сказал:

до Есим-хана

П.С. Предательство катаганов это версия победителя Есим-хана

Прошу прощения, до Есим хана. Қатағанов предал, Есим хан. Шла обычная борьба за власть.

  • Одобряю 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

30.10.2019 в 11:16, Rust сказал:

ИМХО Кощей от слово кёч/кош, т.е. кочевать. Кочевник.

все-таки Кощей - слишком отрицательный герой, чтобы просто ассоциировать его с кочевниками (кстати, весьма коренастыми, в большинстве, не как Кощей по описанию).

Есть, правда, упоминание, о тюркском варианте этого слова в "Слове о полку Игореве", но там имеется в виду не мифический персонаж, а производное, связанное с рабством, с неволей. Там - "попасть в седло кощеево" - в смысле попасть в рабство. Соответственно кощеем называют хана Кончака, который пленил Игоря.

Везде подчеркивается крайняя худоба Кощея, прямо ходячий скелет. Поэтому, все-таки ближе славянская версия, где однокоренными являются все производные от кости, костлявости и т.д. Видимо, это еще и аналогия со смертью, с болезнью... Не зря говорят, что Кощей в более поздний период занял место более древнего персонажа по имени Карачун, который уносил жизнь молодых людей (безвременная смерть).

  • Like 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

On 10/30/2019 at 12:15 PM, Turkmen Aday said:

Прошу прощения, до Есим хана. Қатағанов предал, Есим хан. Шла обычная борьба за власть.

И вообще непонятно, кто такой Турсын хан и за что он боролся, чтоб быть умершвленным от Есим хана?! Каракалпаки говорят (возможно, каракалпакские катаганы), что Турсын хан был каракалпаком. Но современные историки пишут разные версии, похожие на то, что Жалантос - казах, а Ялангтуш - узбек, хотя все об одном и том же человеке. Поэтому вполне возможно, что было два Ер-Косая. Но каракапакский смотритель мне рассказывал именно об адайце-Ер Косае. 

  • Like 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

  • Admin
11 часов назад, Kamal сказал:

В кыргызских преданиях и Энчер бойлу Эр-Эшим также назван кыргызом :)  Хотя он был казахским ханом Эшимом.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

4 часа назад, Rust сказал:

В кыргызских преданиях и Энчер бойлу Эр-Эшим также назван кыргызом :)  Хотя он был казахским ханом Эшимом.

 не только Эр-Эшим , но и Турсун хан 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

30.10.2019 в 15:56, enhd сказал:

744614160.jpg?1572429163

Цветная литография, автор - британский художник Джеймс Раттрей (1818-1854). Художник изобразил узбеков из племени Катаган, земли которых в середине XIX века находились между Гиндукушем и Амударьей. Глава племени Катаган Мурад-Бек был в то время амиром Кундуза.

верблюды, юрты

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Для публикации сообщений создайте учётную запись или авторизуйтесь

Вы должны быть пользователем, чтобы оставить комментарий

Создать аккаунт

Зарегистрируйте новый аккаунт в нашем сообществе. Это очень просто!

Регистрация нового пользователя

Войти

Уже есть аккаунт? Войти в систему.

Войти

×
×
  • Создать...